“Telegram”ның тийкарын салыўшысы Павел Дуров өз
каналында олимпиаданың Ташкентте басланғанын атап өтип, өтмиште де көплеген Telegram командасы ағзалары IOI сыйлы орын ийелери болғанын атап өтти.
Телеграм қатнасыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 235 IOI 2026
жеңимпазларына «Algorithm Cups» эксклюзив
санлы топламларын усынады. Олардың улыўма баҳасы кеминде 117 мың АҚШ долларын
қурайды.
Сондай-ақ, Павел
Дуров олимпиаданың Өзбекстанда - алгебра илиминиң тийкарын салыўшы уллы илимпаз
Муҳаммад ал-Хорезмий ўатанында өткерилип атырғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап
өтти. Ол "алгоритм" атамасының ал-Хорезмий аты менен байланыслылығы
олимпиаданың елимизде өткерилиўине айрықша тарийхый мазмун бағышлайтуғынын атап
өтти.
Дүньядағы ең ири
технологиялық платформалардан бириниң тийкарын салыўшысы тәрепинен IOI
2026-жылдың қоллап-қуўатланыўы олимпиадаға халықаралық итибарды ҳәм
Өзбекстанның усы абырайлы жарысты өткериўши мәмлекет сыпатындағы ролин
көрсетеди.