Мәдений бағдарлама шеңберинде Өзбекстанның ең белгили дәстүр ҳәм
үрп-әдетлери көрсетилди. Инсан турмысындағы ең әҳмийетли басқышлардан бири -
шаңарақ дүзиўге айрықша итибар қаратылды.
Әзербайжанлы
мийманларға келинниң сарпайын таярлаў ҳәм сүзене тигиўге байланыслы
үрп-әдетлер, той мәресимлери, келинди күйеўдиң үйине узатыў, "келин сәлем"
мәресими, "бесик той" салтанаты, ана бесиги - "ҳәйиў"
көрсетилди.
Сондай-ақ,
мәдений бағдарламада туўысқан Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының дәстүр ҳәм
қәдириятлары уқсас екенлиги атап өтилди. Еки халық турмысында да шаңарақ,
үлкенлерге ҳүрмет, перзент тәрбиясы, миймандослық, миллий үрп-әдетлеримизди
қәстерлеп сақлаў сыяқлы мәселелер айрықша орын ийелейди.