Өзбекстан елшиси маори халқының әййемги дәстүрлери тийкарында рәсмий мәресим шеңберинде әскерий ҳүрмет пенен күтип алынды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Рәсмий илаж ҳәм сөйлесиў даўамында соңғы жылларда избе-из раўажланып атырған Өзбекстан-Жаңа Зеландия қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, илим, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Генерал-губернатор Даме Синди Киро Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды атап өтип, мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, халықаралық бизнес ушын қолайлы инвестициялық орталық жаратыў бағдарында ерисилген нәтийжелерди айрықша атап өтти.

Сөйлесиўде еллеримиз арасындағы дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да өз-ара пайдалы тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, Жаңа Зеландия тәрепи еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди басқа да бағдарларда избе-из даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў соңында генерал-губернатор Даме Синди Киро еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеўден мәпдар екенин атап өтип, Өзбекстан басшысы ҳәм халқына қызғын тилеклерин жеткерди.