"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, усы жумыс ҳәптеси даўамында ҳаўа температурасы 35-38 дәрежеден 32-35 дәрежеге шекем өзгереди. Тек ғана республиканың ең шетки қубласында бүгин күндиз ҳаўа температурасы 40-43 дәреже, 4-7-август күнлери 38-40 дәреже болады.

Бул күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды.

Тек ғана республиканың таўлы аймақларында, сондай-ақ, 4-август күни Ферғана ойпатының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.

3-5-август күнлери республиканың айрым аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

Ташкентте: жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 3 ҳәм 6-7-август күнлери 35-38о, 4-5-август күнлери 33-35о болады. Ҳаўаның температурасы түнде 20-23о әтирапында болады. Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, ўақты-ўақты менен 10-12 м/с қа шекем, 4-августта 12-15 м/с қа шекем күшейеди, қаланың айырым аймақларында шаң-тозаң менен жаўын болады.