Усы жәҳән чемпионатында 2028-жылы Лос-Анджелес қаласында болып өтетуғын
жазғы Олимпиада ойынларында қатнасыў ушын биринши лицензиялар таңлап алыныўы
бул жарысқа айрықша әҳмийет бағышлайды.
Жарыстың тәртип-қағыйдаларына муўапық, олимпиада жолламаларын жеке
тәртипте ҳәм топарлық шынығыўларда биринши үш орынды ийелеген спортшы ҳәм
командалар алады.
Жәҳән чемпионатының медальлары ҳәм Олимпиада жолламалары ушын Өзбекстан
сайланды командасының 7 ўәкили гүреседи.
Жеке бағдарлама:
Тахмина Икромова.
Топарлық шынығыўлар:
Эвелина Атальянц;
Мумтоза Исхокзода;
Амалия Мамедова;
Ясмина Мкртичева;
Юлия Валеватая;
Тамиля Зиганшина.