Мәмлекетимиз басшысы олардың мәҳәллелерди раўажландырыў, экология, стартап, инженерлик, китапқумарлық сыяқлы тараўларды қамтып алған жойбарлары менен танысты, интакерлер менен жеке сәўбетлести.

Ферғана районындағы "Абат" мәҳәллесиниң жаслар жетекшиси Исламбек Мухаммеджанов өзи шөлкемлестирген "Абат тәлим" оқыў орайы арқалы 600 теңлесине заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйретти. Ол Германияның жетекши компаниялары менен халықаралық шәртнамалар дүзип, орайдың жумысын глобал базарға алып шыға алғанын айтты. Бул арқалы мәҳәлле жаслар жумыссызлығы ҳәм жынаятшылықтан жырақ аймаққа айланды.

"Жасыл басламалар" қорының координаторы, "Green University" магистранты Гулираъно Мамированың басламалары да итибарға ылайық. Оның экологиялық ҳәм социаллық жойбарларды, сондай-ақ, "жасыл" инновациялар тараўындағы стартапларды раўажландырыў бағдарындағы жумысы мәмлекетимиз басшысының айрықша итибарын тартты.

"Ең оригинал идея" номинациясы жеңимпазы Одинахон Мамуржонованың дөретиўшилик умтылыслары, сондай-ақ, физикалық имканиятларының шекленгенлигине қарамастан, үйде оқып атырған балалар ушын "Оқы ҳәм раўажлан" жойбарын әмелге асырып атырған Чинора Ғуломованың умтылыслары Президентимиз тәрепинен жоқары баҳаланды. Жуўапкерлерге олардың жәмийетте инклюзив орталықты беккемлеўге қаратылған басламалары системалы қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Стартаплар, исбилерменлик ҳәм профессионал билимлендириўге бағышланған көргизбе майданында елимиздиң халықаралық көлемде табыслы бәсекилесе алатуғын ул-қызларының интеллектуаллық потенциалы көрсетилди.

Президент мектебиниң питкериўшиси, Чикаго университетиниң студенти Асылбек Ашуров 18 жасында "Makon AI" стартапына тийкар салды ҳәм жасалма интеллект тийкарында SAT/AP имтиханларына таярлық көриў ушын платформа ислеп шықты.

Ол бүгинги күнге шекем оның стартапына АҚШ, Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африка мәмлекетлеринен 100 мыңнан аслам қарыйдар ҳәм инвесторлардан 380 мың доллар инвестиция тартылғанын, жойбардың баҳасы 3 миллион долларға баҳаланғанын мәлим етти.

Дүньяның жетекши "Y Combinator" акселераторы бағдарламасының биринши жергиликли қатнасыўшысы, АҚШта жыллық дәраматы бир неше мың доллар болған стартапқа тийкар салған ҳәм "Meta Superintelligence" компаниясында жумыс тәжирийбесин арттырған Сардорбек Рахматуллаевтың жетискенлиги миллий стартап экосистемасының табысы сыпатында тән алынды.

Президентимиз елимизде бундай жоқары технологиялы жойбарларды кеңнен енгизиў ҳәм жас исбилерменлердиң сырт ел базарларына шығыўына жәрдемлесиў буннан былай да мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып қалатуғынын атап өтти.

Инженерлик ҳәм инновациялар тараўындағы презентациялар шеңберинде студентлердиң жасалма интеллект ҳәм робототехника бағдарындағы жетискенликлери көрип шығылды.

Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң студенти, дрон жарысы бойынша мәмлекет чемпионы Билолиддин Исмоилов инженер сыпатында жергиликли дронға қарсы системаларды ислеп шығыў ҳәм жетилистириўде қатнасып атырғанын мәлим етти.

Нөкис мәмлекетлик техника университети студенти, Нөкис жаслар технопарки резиденти Айзада Асанованың "Жаңа әўлад автомобильлери" бағдарындағы табыслы жойбары аймақларда да инженерлик мектеплериниң жедел раўажланып атырғанынан дәрек береди. Мәмлекетимиз басшысы бул инновациялық қолланбаларды ҳәр қыйлы тармақларға енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Жас әўладтың мәдений-ағартыўшылық тараўында, китапқумарлық мәдениятын арттырыўда ерисип атырған жетискенликлери де ушырасыўдың орайлық темаларынан бирине айланды.

Халықаралық гөззаллық ҳәм көркем өнер таңлаўларының жеңимпазы Нигина Фахриддинова ҳәм жас сазенде Амина Авазованың жетискенликлери миллий мәдениятымыздың халықаралық абырайын беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, халық арасында китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыўға қаратылған санлы жойбарлар да таныстырылды. "Мутолаа" жойбарының басшысы Сирожиддин Олимовтың мәлим етиўинше, ол ислеп шыққан мобил қосымша дерлик 5 миллион мәрте жүклеп алынған ҳәм онда оқылған китаплардың саны 18 миллионнан артқан.

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Нилуфар Эргашева - "Жасыл сөз" китабының авторы ҳәм "Сөз" жойбарының қатнасыўшысы. Ол әдебий туризмди раўажландырыў ушын Өзбекстанның әдебий картасын ислеп шығыў, сондай-ақ, "Бурхониддин Марғиноний" илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексинде кең көлемли поэзиялық, музыкалық, әдебий кешелер ҳәм басқа да ғалабалық көркем концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаслар менен шын жүректен сөйлесиўде олар тәрепинен алға қойылған перспективалы жойбар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлады.