"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтымызда қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, айырым жерлерде шаң-тозаң менен 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы 26-28°.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа ўақытлы жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, гүлдирмама ўақтында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.