Қазақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Энергетика ҳәм инфраструктура министрлиги “CАСА” темир жол жойбары шеңберинде бирге ислесиў бойынша тийисли өз-ара Түсинисиў меморандумына қол қойды.
“CАСА” жойбары Орайлық ҳәм Қубла Азияның транспорт байланыслылығын тәмийинлеўи ҳәм халықаралық тасыўлар, саўда, логистика ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратыўы керек болған жаңа темир жол жөнелисин қәлиплестириўди нәзерде тутады.