Кейинги жылларда мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды реформалаў, оларда халықаралық корпоратив басқарыў ҳәм есабат бериў стандартларын енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Миллий инвестиция қорының шөлкемлестирилиўи ҳәм оны басқарыўға «Franklin Templeton» компаниясының тартылыўы бул процесстеги әҳмийетли қәдем болды.
Өткен айда Миллий инвестиция қоры биринши мәрте 690 миллион долларлық активлерди халықаралық базарға жайластырды. Бул Өзбекстанның глобал капитал базарлары қағыйдалары тийкарында ислеўге таяр екени ҳаққында әҳмийетли белги берди. Жойбар шеңберинде талап усыныстан 4 есеге көп, ири инвесторлар тәрепинен дерлик 3 миллиард долларлық усыныс хатлары келип түскен.
Енди фонд портфелине киретуғын 13 ири компанияда трансформация процесслерин жеделлестирип, оларды IPOға таярлаў ўазыйпасы тур. Атап айтқанда, “Uzbekistan Airways”, "Өзсанаатқурылысбанк", "Өзбекгидроэнерго", "Өзбекстан миллий электр тармақлары" ҳәм "Өзбектелеком" сыяқлы компаниялар бойынша жумысларды усы жылдың өзинде жуўмақлаў режелестирилген.
Презентацияда бул процесслерди шөлкемлестириў мәселелери “Uzbekistan Airways” АЖ мысалында көрип шығылды.
«Franklin Templeton» компаниясы ўәкиллери тәрепинен миллий авиакомпания жумысына диагноз қойылды ҳәм 115 илажды өз ишине алған трансформация бағдарламасы ислеп шығылды. Есап-санақларға бола, бул бағдарлама толық әмелге асырылса, компанияның бир жылдағы операциялық дәраматын 120 миллион долларға арттырыў ушын барлық имканиятлар бар.
Атап айтқанда, жөнелислерди оптималластырыў, тиккелей сатыўларды көбейтиў ҳәм қарыйдарлар менен ислесиў системасын жетилистириў, рейслер арасындағы интервалларды, рейслердиң бийкар етилиўи ҳәм кешиктирилиўи жағдайларын қысқартыў, акционерлик жәмийети системасындағы кейтеринг ҳәм техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы хызметлерди көрсетиўши кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, базар коньюнктурасына жедел бейимлесиў ҳәм маман қәнигелерди тартыў арқалы қосымша дәрамат алыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Бул илажлар нәтийжесинде авиакомпанияның базар баҳасы 1,6 миллиард доллардан 2,3 миллиард долларға артыўы мүмкин. Соның менен бирге, бағдарлама бир неше ай бурын ислеп шығылғанына қарамастан, оны әмелге асырыў пәти төменлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы компанияны халықаралық капитал базарына таярлаў ушын, бәринен бурын, басқарыўдың сапасын түп-тийкарынан арттырыў, финанслық тәртипти беккемлеў, есап-санақты халықаралық стандартлар тийкарында алып барыў ҳәм кредит рейтингин жақсылаў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жылдың ақырына шекем миллий авиакомпанияның 15-20 процент акцияларын халықаралық IPO арқалы сатыў режелестирилген. Оның ушын компания жумысын қалыс баҳалаў, оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, қәнигелестирилген ҳаўа кемелерин компания балансынан шығарыў, мәмлекетлик буйыртпа шеңберинде орынланған хызметлер ушын компенсация төлеў механизмин енгизиў бойынша әмелий илажлар белгиленди.
Презентацияда авиакомпания алдына қойылып атырған жаңа талаплар туризм тараўында да жоқары өсиў пәтлерин талап етип атырғаны атап өтилди. Усы жылдың басынан елимизге келген туристлердиң саны 27,5 процентке артып, дерлик 5,5 миллионға жетти. Әсиресе, Қытай, Малайзия, Япония, АҚШ сыяқлы мәмлекетлерден туристлердиң саны көбейген.
Соның менен бирге, миллий авиакомпания бул өсиўге тез бейимлесе алмай атырғаны көрсетип өтилди. Ҳаўа кемелери паркин кеңейтиў процесинде кешигиўлер бақланбақта.
Усы мүнәсибет пенен авиакомпанияда сатып алыў системасын өз алдына тәртипте шөлкемлестириў, ҳаўа кемелери паркин кеңейтиў бойынша оператив қарарлар қабыл етиў, бул процесслерге халықаралық тәжирийбени енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз Ташкентти Орайлық Азияның ең ири авиация хабына айландырыў ушын барлық имканиятлар бар екенин атап өтти. Буның ушын «Uzbekistan Airways», «Uzbekistan Airports» акционерлик жәмийетлери ҳәм "Жаңа Ташкент" аэропорты арасындағы бирге ислесиўди бирден-бир система тийкарында муўапықластырыў, инфраструктура, жөнелислер ҳәм транзит тармағын өз-ара байланыслы ҳалда раўажландырыў зәрүр.
Жуўапкерлерге Миллий инвестиция қоры портфельине киретуғын компанияларды трансформациялаўды системалы шөлкемлестириў ушын өз алдына жойбарлаў офисин шөлкемлестириў, компаниялардың басқарыў уйымларына халықаралық финанс базарларының талапларын терең билетуғын ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе қәнигелерди тартыў, ҳәр бир компания бойынша IPOға таярлық көриўдиң анық кестесин ислеп шығыў ҳәм оның орынланыўын қатаң қадағалаў бойынша тапсырмалар берилди.