Ҳүжжетке муўапық, Угом дәрьясы мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги деп жәрияланады.

2026-жыл 1-июньнен баслап дәрьяның жағалық бойы ҳәм суўды қорғаў аймақларында тәбийғый гидрологиялық система ҳәм экологиялық турақлылыққа унамсыз тәсир етиўи мүмкин болған ҳәр қандай қурылыс, топырақ жумыслары ҳәм жасалма объектлерди қурыў қатаң қадаған етиледи. Бунда:

дәрья бассейни ҳәм оның ағыслары шеңберинде гидротехникалық, гидромелиоративлик жумыслар, имаратлар ҳәм қурылмалар, гидроэнергетика объектлери, суўды басқарыў ҳәм деривациялық қурылмаларын қурыў (гидроэнергетиканың ҳәрекеттеги объектлерин реконструкциялаўдан тысқары) пүткиллей қадаған етиледи;

мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги аймағында қурылыс жумыслары ушын жер участкаларын ажыратыўға жол қойылмайды.

Угом дәрьясының жағалық бойы ҳәм суўды қорғаў зоналарында жайласқан объектлердиң қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин ҳәм олардың экологиялық талапларға муўапықлығын үйрениў бойынша Ҳүкимет комиссиясының қурамы тастыйықланды ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.