Өзбекстанлы футболшылар FIFA, Өзбекстан футбол ассоциациясы, қала ҳәкимлиги ҳәм турнир шөлкемлестириў комитетиниң жуўапкерлери тәрепинен күтип алынды.

Еслетип өтемиз, футбол бойынша 2026-жылғы жәҳән чемпионаты 2026-жыл 11-июньде басланып, 2026-жыл 19-июльде жуўмақланады. Турнир үш мәмлекет - АҚШ, Канада ҳәм Мексикада болып өтеди.

Биринши ҳәпте даўамында июнь айының ақырына шекем даўам ететуғын топар басқышы болып өтеди. Буннан кейин плей-офф басқышы басланып, командалар финалға шығыў ушын гүреседи. Жәҳән чемпионатының шешиўши ойыны 2026-жыл 19-июль күни болып өтеди.

Өзбекстан сайланды командасының ЖЧ-2026 ойынлары кестеси

Биринши турда Фабио Каннаваро шәкиртлери Колумбия сайланды командасы менен ушырасады. Ойын 17-июнь күни саат 09:00 де Мексиканың әпсанаға айланған "Ацтека" стадионында болып өтеди.

Екинши турда Өзбекстан сайланды командасы Португалияға қарсы ойын өткереди. Ушырасыў 23-июнь саат 23:00 де АҚШ тың Хьюстон қаласындағы «NRG» стадионында болып өтиўи режелестирилген.

Миллий сайланды командамыз топар басқышын сайлап алыў плей-офф жеңимпазына қарсы ойын менен жуўмақлайды (Ямайка / Жаңа Каледония / Конго). Ойын 27-июнь күни саат 05:30 да Атланта қаласындағы (АҚШ) «Mercedes-Benz» стадионында болып өтеди.