- Шаңарағының бахтын көриў, ҳадал мийнет етип, арзыў-нийетлерине ерисиў, өмирин мазмунлы өткериў ушын адамға, бәринен бурын, денсаўлық керек. Соның ушын, инсан саламатлығын сақлаўды реформаларымыздың ең әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиледик,-деди Президентимиз.
Кейинги он жылда мәмлекетимизде 10 миллион халыққа хызмет көрсететуғын жаңа поликлиника ҳәм емлеўханалар иске қосылды, 58 мың емлеў орны жаратылды. Заманагөй емлеўханалар көбейип, жеке меншик секторға кең имканият берилгени себепли медициналық хызметлер көлеми үш есеге артты.
Бурын сырт елде әмелге асырылған туўма жүрек нуқсанлары, ағзалар трансплантациясы, робот хирургиясы ҳәм бас мийдеги қурамалы хирургиялық операциялар сыяқлы жүзден аслам хызметлер бүгин елимизде орынланбақта.
Президентимиз бул нәтийжелерде медицина хызметкерлериниң билим ҳәм шеберлиги шешиўши орын ийелеп атырғанын атап өтти.