Сораўда мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында жасайтуғын ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда бәнт болған барлық жастағы пуқаралар, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар, жаслар, орта ҳәм үлкен жастағылар қатнасты.

Изертлеў нәтийжелери миллий сайланды командамыздың 2026-жылы футбол бойынша жәҳән чемпионатына шығыўы бойынша өзбекстанлылардың хабардарлық дәрежеси жоқары екенлигинен дәрек береди. Пуқаралардың хабардарлық дәрежеси 86,1 процентке жеткени бул спорт жетискенлиги кең жәмийетшиликтиң итибарына ийе екенин ҳәм мәмлекеттиң мәлимлеме күн тәртибинде әҳмийетли орын ийелейтуғынын көрсетеди.

Анықланған хабардарлық дәрежеси футбол бойынша миллий сайланды командамыздың 2026-жылғы жәҳән чемпионатында қатнасыўы спорт тематикасы шеңберинен шығып, улыўма миллий көлемдеги ўақыяға айланғанын тастыйықлайды. Өзбекстанлы футболшылардың жетискенликлери ҳаққындағы мағлыўматлар жасына, билим дәрежесине, кәсиби ҳәм жасайтуғын аймағына қарамастан, халықтың ҳәр қыйлы социаллық-демографиялық топарлары арасында кеңнен тарқатылды.

Спортшыларымыздың бундай жоқары дәрежедеги халықаралық турнирде қатнасыўы көпшиликте үлкен қызығыўшылық оятты, шаңарақларда, кәсиплик жәмәәтлерде, билимлендириў мәкемелеринде, социаллық тармақларда қызғын додалаўларға себеп болды.

Сораўнама даўамында футбол бойынша мәмлекетимиз сайланды командасының биринши мәрте Жәҳән чемпионатында қатнасыўының әҳмийети анықланды. Пуқаралардың көпшилиги - 93,2 проценти миллий сайланды командамыздың жәҳән чемпионатында қатнасыўын "жүдә әҳмийетли ўақыя" деп есаплайды ҳәм елимиз футболшыларының табысларын унамлы баҳалайды.

Сораў қатнасыўшылары жергиликли спортшылардың футбол бойынша ең ири халықаралық турнирде қатнасыўының әҳмийетин тән алып, спортшылардың жетискенликлерине пуқаралар тәрепинен миллий абырайды беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда әҳмийетке ийе фактор сыпатында қарамақта. Сондай-ақ, илаждың әҳмийетлилигин жоқары дәрежеде баҳалаў оның әҳмийетлилиги бойынша қәлиплескен жәмийетшилик консенсусын, халықтың футбол бойынша миллий сайланды командалардың спорт жетискенликлерине болған эмоционаллық ҳәм жәмийетлик-сиясий байланысларының жоқары дәрежесин сәўлелендиретуғынын атап өтиў керек.

Сораўдың көрсеткениндей, жәмийетлик пикирде миллий сайланды командамыздың жәҳән чемпионатына шығыўына байланыслы унамлы пикирлер үстинлик етпекте. Пуқаралардың бул ўақыяға ең көп тән алған мүнәсибети қуўаныш сезимлери болды. Футболшыларымыздың табыслары, миллий сайланды командамыздың жетискенликлери пуқараларда ўатансүйиўшилик ҳәм мәмлекетимизден мақтаныш сезимин арттырыўға хызмет етпекте.

Үйрениў қатнасыўшылары өз жуўапларында миллий аўызбиршилик сезимин, футболға қызығыўшылықтың артып атырғанын, футболшылар ҳәм тренерлер қурамына болған ҳүрметтиң артып атырғанын атап өткен.

Алынған сораўнама нәтийжелери соны көрсетеди, Өзбекстан сайланды командасының жәҳән чемпионатына шығыўына болған эмоционаллық көзқарас көп қабатлы болып, ол тиккелей унамлы тәшўишлерди (қуўаныш, мақтаныш) ҳәм улыўмалық сезимин беккемлеў, спортқа қызығыўшылықты арттырыўға байланыслы кеңирек социаллық тәсирлерди бирлестиреди.

Сораўдан белгили болыўынша, халықтың Өзбекстан миллий сайланды командасының 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасыўына болған үмитлери тийкарынан салмақлы ҳәм реал болып табылады. Пуқаралар қандай нәтийже менен жуўмақланыўына қарамастан, өзлериниң күтиўлерин сапалы ҳәм мазмунлы ойын көрсетиў менен байланыстырады. Сораў қатнасыўшыларының пикиринше, футболшыларымыздың тийкарғы ўазыйпасы жәҳән чемпионатында Өзбекстанды мүнәсип қорғаў болып табылады, бул болса сайлап алыўдан табыслы өткен сайын миллий сайланды командамыздың имканиятларына исеним артып атырғанынан дәрек береди.

Жәмийетлик пикирде мүнәсип қатнасыў, сапалы футбол көрсетиў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық имиджин беккемлеў көзқарасы үстинлик етеди, турнирлерде оғада жоқары нәтийжелерге ерисиў талаплары болса екинши дәрежели орынды ийелейди. Жәмийетлик пикирде Өзбекстанның футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасыўы ҳәм жарыстың жуўмақлаўшы нәтийжесине қарамастан миллий сайланды командамызды қоллап-қуўатлаў фактиниң өзи тарийхый әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында түсиник пайда болды.

Өзбекстан сайланды командасының жәҳән чемпионатына шыққанын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пүткил елимиз халқы ушын тарийхый ўақыя, деп баҳалады. Мәмлекетимиз басшысы өзбекстанлы жанкүйерлер бул табысты 34 жыл даўамында күткени, миллий сайланды командамыз футболшылары ҳәр бир ойында жоқары профессионаллық, жуўапкершилик, ўатансүйиўшилик, жеңиске умтылыў сыяқлы жоқары дәрежени көрсетип, миллий футболымыз тарийхында жаңа бет ашқанын атап өтти.

Президентимиздиң атап өтиўинше, миллий сайланды командамыздың жәҳән чемпионатына шығыўы тек ғана спорт тараўында емес, ал пүткил жәмийетлик турмыста үлкен көтериңкилик пайда етти. Футболшылар жасларға үлги болды, спорт пенен шуғылланыўға қызығыўшылық артты, миллий сайланды командамыздың тарийхый нәтийжеси жәмийеттиң ҳәр қыйлы қатламлары ушын илҳам дәреги болды.

Мәмлекетимиз басшысы миллий сайланды команда ойыншылары ҳәм тренерлер штабы менен ушырасыўда ерисилген нәтийже кейинги жыллары елимизде спорт ҳәм футболды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде жүзеге келгенин айрықша атап өтти. Ғалабалық футболды буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилип, балалар ҳәм жасларды спорт пенен системалы шуғылланыўға тартыў, оларда саламат турмыс тәризи, тәртип-интизам ҳәм ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин қәлиплестириўге қаратылған "Ҳәр бир мәҳәлле - футбол майданы" басламасы алға қойылды.

Изертлеў нәтийжелериниң анализи жәмийетлик пикирде Өзбекстан миллий сайланды командасының 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасыўы жәмийетлик турмыстың түрли тараўларына унамлы тәсир көрсетиўи мүмкин болған ўақыя сыпатында қабыл етилип атырғанын көрсетти. Ең көп тарқалған пикирге бола, спортшыларымыздың 2026-жылғы футбол бойынша жәҳән чемпионатында қатнасыўы мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм танылыўын арттырыўға хызмет етеди.

Жәмийетлик күтиўлер структурасында бул илаждың жасларға тәсири ҳәм ғалабалық спорттың раўажланыўы әҳмийетли орын ийелейди, сораўнама қатнасыўшылары жәҳән чемпионатында қатнасыў жаслардың спортқа қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етеди, деген пикир билдирди. Жәмийетте командамыздың жәҳән чемпионатына шығыўы Өзбекстанның халықаралық майдандағы имиджине унамлы тәсир етеди, деген пикир бар. Сондай-ақ, сораўнама қатнасыўшылары миллий мақтаныш ҳәм аўызбиршилик сезимин күшейтиў ҳәм спорт инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў перспективалары, футболшыларымыздың табыслары аймақларда футболдың раўажланыўына қосымша түртки болатуғыны, инвестор ҳәм қәўендерлердиң спорт тараўына қызығыўшылығын арттырыўға хызмет ететуғыны ҳаққында пикир билдирди.

Жуўаплар бөлистирилиўиниң анализи жәмийетлик санада өзбек футболының буннан былай да раўажланыўы, биринши гезекте, аймақларда қосымша футбол майданшаларын қурыў, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында талантлы футболшыларды излеў ҳәм таңлап алыўдың нәтийжели системасын жаратыў, балалар тренерлерин таярлаўды күшейтиў, орынларда спорт пенен шуғылланыў имканиятларын кеңейтиў, перспективалы спортшыларды анықлаў механизмлерин жетилистириў ҳәм жас футболшыларды олардың спортқа қәлиплесиўиниң дәслепки басқышларында таярлаў сапасын арттырыў менен байланыслы екенлигин көрсетпекте.

Сондай-ақ, пуқаралар мектеп ҳәм студентлер футболын раўажландырыў, мектеп ҳәм студентлер футбол лигасын шөлкемлестириў, жас футболшылардың сырт елде тәжирийбе арттырыў әмелиятын кеңейтиў, футбол академияларының жумысын жетилистириўди қоллап-қуўатламақта.

Сондай-ақ, респондентлер футбол тараўын басқарыўдың ашық-айдынлығын арттырыў, ҳаял-қызлар ҳәм ғалабалық футболды қоллап-қуўатлаў, спорт илимин раўажландырыў, миллий чемпионатлардың сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратпақта.

Ерисилген нәтийжени пуқаралардың көпшилиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт ҳәм футболды раўажландырыўға қаратып атырған итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы, тараўда алып барылып атырған избе-из мәмлекетлик сиясат пенен байланыстырады. Сораўға тартылған респондентлердиң пикиринше, футболшылар ҳәм тренерлердиң профессионаллығы табыстың әҳмийетли факторлары болып табылады, бул болса миллий футболымызды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жоқары баҳаланыўынан дәрек береди.

Өзбекстанның жәҳән чемпионатында қатнасыўы пуқаралар тәрепинен мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырыў, жаслар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм футболды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли факторы сыпатында баҳаланбақта. Онда пуқаралар миллий футболдың келешектеги жетискенликлерин инфраструктураны жетилистириў, маман кадрларды таярлаў, талантлы спортшыларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыў менен байланыстырмақта.