АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң мәлим етиўинше, департамент Америка
елшиханалары ҳәм консуллықлары хызметкерлерин оқытыў бойынша глобал
бағдарламаны иске қосқан. Усы мүнәсибет пенен виза хызметлерин көрсетиў
графиклерине өзгерис киргизиледи.
Мәмлекетлик департаментте атап өтилгениндей, оқытыў, соның ишинде,
консуллық хызметкерлериниң келешекте АҚШта мәмлекетлик социаллық напақаларға
байланыслы болып қалыўы мүмкин болған мүрәжат етиўшилерди нәтийжели анықлаўы,
сондай-ақ, барлық талапкерлерди анық ҳәм избе-из баҳалаўды тәмийинлеўге
қаратылған.
Бағдарламаны
өткериў мүддети ҳәм жазыўды тоқтатып турыў мүддети ҳәзирше анықланбаған.
Соның менен
бирге, иммиграция визасын алыў ушын сәўбетлесиў белгиленген мүрәжат етиўшилер
виза алмасыўы ҳаққында хабарнама алды. Сәўбетлесиўдиң жаңа сәнелери ҳаққында
оларға кейинирек хабар бериледи.
Солай етип, гәп
Америка визаларын бериўди толық тоқтатыў ҳаққында емес, ал жазыўды тоқтатыў ҳәм
бир қатар сәўбетлесиўлерди көшириў ҳаққында бармақта.