Делегацияны Ташкент қаласы ҳәкиминиң жергиликли санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Элдор Холматов қабыл етти.

Ушырасыўда Ташкент қаласы Туризм басқармасы баслығы Зафар Алланов ҳәм Ташкент қаласы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда басқармасы баслығының орынбасары Низомиддин Пардаев та қатнасты.

Сөйлесиў даўамында мырза Юн Чжэн Ташкентке биринши мәрте келип атырғанын атап өтип, пайтахтымыздың тарийхый мийрасы менен заманагөй раўажланыўының үнлеслиги, жаңалықларға ашықлығы үлкен тәсир қалдырғанын атап өтти.

Өз гезегинде, Элдор Холматов еки қала арасындағы экономикалық, санаат ҳәм аграр тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў еки тәреп ушын да мәпдар екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Юн Чжэн мырза Ташкент қаласы ҳәкимлиги ўәкиллерин усы жылдың октябрь айында Нанкин қаласында болып өтетуғын ири халықаралық форумда қатнасыўға мирәт етти. Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бизнес ушырасыўларын шөлкемлестириўге келисип алды.