Мәресимде Жәҳән таэквондо федерациясы (World Taekwondo) жуўапкерлери, Бирлескен гүрес дүньясы (UWW) ўәкиллери, сондай-ақ, Өзбекстан спорт тараўының басшылары қатнасты.

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров қатнасыўшылар ҳәм мийманлар алдында шығып сөйлеп, быйылғы жарыс Олимпиада қалашасында өткерилетуғын биринши жәҳән чемпионаты сыпатында тарийхқа киретуғынын атап өтти. Сондай-ақ, ол таэквондо жылына мәмлекетимиз жаслары арасында ең ғалабалы спорт түрлеринен бирине айланып баратырғанын атап өтти.

Еслетип өтемиз, чемпионат 12-17-апрель күнлери Олимпия қалашасының қәнигелестирилген жеке гүреслер комплексинде болып өтпекте. Салтанатлы мәресимнен соң биринши жарыс күниниң финал блок беллесиўлери болып өтти.

Дәслепки күнниң өзинде Өзбекстан сайланды командасы дәслепки сыйлықты қолға киргизди. 78 килограммнан жоқары салмақ категориясында қатнасқан спортшымыз Алишер Пак финалға шекем барып, қызғын беллесиўлерде Қубла Корея ўәкилине жол берип, гүмис медаль ийесине айланды.

Солай етип, Ташкентте өткерилип атырған жәҳән чемпионаты Өзбекстан ушын биринши медаль ҳәм жарқын ашылыў мәресими менен басланып, пүткил турнирге жоқары кейпият бағышлады.