Илажлар даўамында бақлаўға алынған пуқара нәшебентлик қуралларын басқа шахсқа тапсырып атырған ўақтында қолға алынды.

Жағдай бойынша алып барылған тексериўлер даўамында автомобиль, жасаў үйи ҳәм және бир шахстың жанынан жәми 2 килограмм 180 грамм марихуана анықланып, айғақлы дәлил сыпатында алып қойылды.

Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.