Жойбар «O‘ztemiryo‘lyo‘lovchi» АЖ ҳәм темир жол туризми бойынша дүньядағы жетекши операторлардан бири болған Германияның «Lernidee Erlebnisreisen» компаниясы менен бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылмақта.

Мәўсимниң биринши сапарына дүньяның 11 мәмлекетинен, соның ишинде, Германия, Уллы Британия, АҚШ, Франция, Швейцария, Австрия, Австралия, Канада, Люксембург, Сингапур ҳәм Испаниядан 82 турист барды.

Тур бағдарламасы шеңберинде мийманлар Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларына барады.

поездда жасаўдың қолайлы шараятлары;

бай экскурсия бағдарламасы;

Өзбекстанның бийбаҳа тарийхы ҳәм бай мәдений мийрасы менен танысыў.

Жөнелис әпсанаға айланған Уллы жипек жолы бойлап өтип, Орайлық Азияның бир неше мәмлекетлерин байланыстырады ҳәм саяхатшыларға әййемги цивилизациялар тарийхына тиккелей қатнаў имканиятын береди. Бағдарламаға Өзбекстан аймағы бойлап 9 күнлик саяхат киргизилген.

Бул рейс 2026-жылы жолға қойылыўы режелестирилген 12 туристлик поездлардың бириншиси болып, сырт елли саяхатшылардың Жипек жолы жөнелислери бойлап темир жол туризмине қызығыўшылығы артып атырғанынан дәрек береди.

Поездың жолға шығыўы жыллы ҳәм салтанатлы руўхта өтти: мийманлар ушын миллий тағамлар, музыкалы бағдарлама ҳәм дәстүрий өзбек миймандослығын көрсетиў шөлкемлестирилип, саяхаттың дәслепки минутларынан туристлерде мәмлекет ҳаққында жарқын тәсирлер пайда етти.