Бул тәжирийбе пайтахтымыздың Сергели районында әмелге асырылмақта. Биринши басқышта система 9-11-класс оқыўшыларын қамтып алады. Усы категориядағы 345 кабинеттиң 177 сине заманагөй интеллектуаллық камералар орнатылған.

Система оқыўшылардың қатнасын автоматластырылған түрде белгилеў, сыртқы адамларды анықлаў, мектеплерде қәўипсизликти арттырыў, сабақ процесинде оқыўшылардың белсендилигин таллаў имканиятын береди.

Орнатылған камералар арнаўлы программалық тәмийнат арқалы Сергели районы ҳәкимлиги жанында шөлкемлестирилген Ситуациялар орайы менен интеграцияланбақта.

Тастыйықланған реже тийкарында қалған кабинетлерде камераларды орнатыў ҳәм оларды Ситуациялар орайы менен интеграциялаў жумыслары 2026-жыл 25-августқа шекем жуўмақланады.

Келешекте Ташкент қаласындағы улыўма билим бериў мектеплеринде "Ақыллы мектеп" системасын басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилген.