Ушырасыў алдынан Өзбекстан Республикасы ҳәм Кувейт Мәмлекети басшылары арасындағы жақын ҳәм исенимли қатнасықлар еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығып, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды избе-из раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратқаны атап өтилди.

Тәреплер туризм тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстанның бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм заманагөй туризм имканиятларын Кувейт базарында үгит-нәсиятлаў мәселелерин додалады. Атап айтқанда, Кувейттиң белгили блогерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм туроператорлардың қатнасыўында Өзбекстан бойлап танысыў пресс-турын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Кувейт арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў перспективалары, таў ҳәм аңшылық туризмин раўажландырыў, бул бағдарларда тәжирийбе ҳәм алдынғы тәжирийбелерди алмасыў мәселелери көрип шығылды.

Елши Кувейт туристлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти. Атап айтқанда, Өзбекстанда 30 күннен артық ўақыт болып турған сырт ел пуқараларының мобиль қурылмаларын дизимнен өткериўде жүзеге келип атырған айырым қолайсызлықларды сапластырыў зәрүрлигине итибар қаратып, тийисли тәртипти әпиўайыластырыў ҳәм жуўапкер уйымлар менен биргеликте бул мәселени шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыўды усыныс етти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм авиакомпаниялар менен биргеликте тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў, таў ҳәм аңшылық туризми тараўында әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында өз-ара туристлик ағымды көбейтиўге қаратылған қоспа илажларды әмелге асырыў мәселелери бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.