Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасында транспорт қатнаўларын раўажландырыў перспективаларын, атап айтқанда, "Ташкент - Манчестер" жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўларды ашыў имканиятын додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Британия тәрепи Манчестер аэропорты Уллы Британия арқасы ҳәм Арқа Европадағы ең ири транспорт-логистика хабларынан бири екенин атап өтти. Аэропортта жыллық жолаўшылар ағымы 32 миллионнан аслам, еки ушыў-қоныў жолының бар екени бул көрсеткишти келешекте жылына 70 миллионға жеткериў имканиятын береди.

Сондай-ақ, Өзбекстан авиация тараўының жедел раўажланып атырғаны, жергиликли авиакомпаниялардың потенциалы артып атырғаны Ташкент ҳәм Манчестер арасында жаңа туўрыдан-туўры жөнелис ашыў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.

Уллы Британия тәрепи тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы тек ғана еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик ҳәм туристлик байланысларды беккемлеўге емес, ал Европа ҳәм басқа да халықаралық жөнелис тармақлары менен тығыз интеграцияласыўды тәмийинлеў арқалы Өзбекстанның транзит имканиятларын кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди. Рис Уолли Өзбекстан авиатасыўшыларына зәрүр жәрдем көрсетиў ҳәм жойбарды әмелге асырыўға жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыўға байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиўде тығыз бирге ислесиўге келисип алды.

Manchester Airports Group” (MAG) - Улли Британиядағы ең ири аэропорт операторы болып, Манчестер, Лондон-Станстед ҳәм Ист-Мидлендс аэропортларын басқарады. Компания 2001-жылы шөлкемлестирилген. Өткен жылы MAG топарына киретуғын аэропортлар арқалы 54 миллион жолаўшыға хызмет көрсетилген. Компанияның Уллы Британия экономикасына қосқан үлеси 8 миллиард фунт стерлингтен артты, хызметкерлер саны болса 7 мыңнан аслам адамды қурайды.