Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан пуқаралары ушын виза тәртиплерин
әпиўайыластырыў, виза алыў процесин жеңиллетиў мәселелери, сондай-ақ, визасыз
тәртипти енгизиў перспективаларын додалады, деп хабар бермекте "Дунё"
МА.
Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға
айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыўлар жуўмағында виза тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыў
арқалы туризм, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге
ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.