Solo Travel Index” 2026 рейтингинде экспертлер 26 мәмлекетти бронлаў тенденциялары, саяхатшылардың пикир-усыныслары ҳәм тәсирлери, “Global Peace Index” бойынша қәўипсизлик дәрежеси, виза алыў қолайлығы, аўқатланыў баҳасы ҳәм биокөптүрлилик көрсеткишлерин есапқа алған ҳалда баҳалады.

Өзбекстан Италия, Япония, Португалия сыяқлы абырайлы туристлик бағдарлар қатарынан орын алды.

Рейтинг авторлары АҚШ пуқаралары ушын 30 күнлик визасыз режим енгизилгенинен кейин америкалы туристлердиң Өзбекстанға қызығыўшылығы артып атырғанын атап өтпекте. Мәмлекеттиң абзаллықлары арасында бай тарийхый мийрасы, ҳәр қыйлы тәбияты ҳәм раўажланған туризм инфраструктурасы ажыралып турады.

Материалда актив ҳәм еркин дем алыў имканиятларына айрықша итибар қаратылған. Туристлер Нурата таўларындағы аўыллар арасында пияда жүрип өтиўи, жергиликли халықтың турмыс тәризи менен танысыўы, әййемги соқпақлардан өтиўи, қара үйлерде қоныўы мүмкин.

Және бир тартымлы бағдар - Қызылқум шөлистанлығы арқалы Айдаркөлге саяхат етиў, бул аймақ тәбияты менен танысыў ҳәм әжайып туристлик тәсирлерди бирлестириў имканиятын береди.

Рейтингте мәмлекеттиң мәдений мийрасы да атап өтилген. Самарқандтағы Регистан, Бухара ҳәм басқа да әййемги қалалар Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан Өзбекстанның бай тарийхынан дәрек береди.

Авторлардың атап өтиўинше, мәмлекет туристлерди тек ғана тарийхый ҳәм ўақыялы жөнелислери менен емес, ал арзан саяхат баҳалары менен де тартады. Сондай-ақ, Өзбекстан “Condé Nast Traveler” журналы тәрепинен дүньядағы ең арзан саяхат етиў бағдарлары қатарына киргизилген еди.