Бас консуллық жумысында саўда-экономикалық ҳәм
инвестициялық байланысларды кеңейтиў, АҚШтың жетекши компаниялары менен бирге
ислесиўди раўажландырыў, жоқары технологиялар ҳәм инновациялар тараўында
биргеликтеги басламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылады.
Буннан тысқары, жаңа ўәкилхана билимлендириў, туризм
ҳәм инсаныйлық байланыслар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, еки мәмлекет
исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды кеңейтиўге хызмет етеди.