Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышланған халықаралық илажда Иордания парламенти ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, сиясатшылар, илимпазлар, экспертлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Презентациядан гөзленген тийкарғы мақсет - халықаралық жәмийетшиликти Жаңа Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, мәмлекеттиң раўажланыў стратегиясы, мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарлары менен таныстырыўдан ибарат.
Китапта "Мәмлекет - инсан ушын" ҳәм "Инсан қәдири ушын" принциплери тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекет тәғдириндеги тарийхый бурылыс, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ой-пикирди түп-тийкарынан жаңалаў процесслерине айрықша итибар қаратылған.
Алты бап ҳәм жуўмақтан ибарат китапта миллий мәмлекетшиликти беккемлеў, экономикалық потенциалды арттырыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў, инсан қәдирин улығлаў, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген. Китап араб, инглис, итальян, рус ҳәм урду тиллерине аўдарылған.
- Тарийх сынағынан өткен ҳақыйқат сонда, өзгеретуғын, ўақытты имканиятқа, имканиятты жетискенликке, жетискенликти раўажланыў тийкарына айландыра алатуғын халық уллы халық болып есапланады. Мине усындай жоқары исеним менен жасап атырған халыққа басшы болыў, хызмет етиў мен ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик", - деп жазған Өзбекстан басшысы шығармасының эпиграфында.
Амман қаласындағы илажлар шеңберинде, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның тарийхы, бүгинги раўажланыўы ҳәм перспективалы мақсетлери сәўлеленген араб тилиндеги 9 китап ҳәм фотоалбомлардың презентациясы өткерилди.
Буннан тысқары, "Өзбекстан: цивилизациялар, шахслар, ашылыўлар" атамасында китаплар көргизбеси, "Мәўереннаҳр - ислам цивилизациясының әсирлер арқалы нурланып атырған нуры" атамасындағы халықаралық илимий конференция, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының халықаралық презентациясы шөлкемлестирилди.
Ушырасыўларда Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи, Халықаралық ислам академиясының ректоры Музаффар Комилов, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий шайх Нуриддин Холиқназар, Иордания илим ҳәм билимлендириў жәҳән ислам университетиниң президенти Джафар ал-Мағрибий ал-Фанатис, Өзбекстан елшиси Нодиржон Турғунов, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, илимпазлары, диний топарлардың ўәкиллери қатнасты.
Иордания китапханаларына "Шавкат Мирзиёев - дүнья көлеминдеги мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер", "Жаңа Өзбекстан: тынышлық, инсаныйлық ҳәм кеңпейиллик ели" сыяқлы басылымлар, "Ғәрезсизлик жылнамасы" фотоалбомы, сондай-ақ, "Өзбекстан: Үшинши Ренессанс - раўажланыў концепциясы" ҳәм "Заманагөйлик ҳәм Жаңа Өзбекстан" китаплары тапсырылды.
Амманда болып өткен халықаралық илажлар Өзбекстанның бай тарийхый, илимий ҳәм исламый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық абырайын беккемлеў, Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы илимий-мәдений бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.