Қазақстанның "Самрук-Қазна" миллий абаданлық қоры ҳәм "Қазақстан темир жоллары" компаниясының топ-менеджерлерин қамаққа алыў бойынша операция өткерилип атырғаны болжанып атырған Астанадағы турақ жай комплексиниң айнасынан долларға толы чемодан ылақтырылды. “Astana TV” телеканалы көшеде шашылып атырған банкнотлар көринисин көрсетти, деп хабар береди “tass.ru”.

Өз гезегинде, “24.kz” телеканалы жергиликли пабликлерге тийкарланып, төгилип атырған пуллар ҳәм чемодан көринетуғын видео "Атлант" турақ жайы жанында түсирилген болыўы мүмкин екенин мәлим етти.

Қазақстан Миллий қәўипсизлик комитети алдынырақ республикада 11-ноябрь күни коррупциялық жынаят ислеўде гүманланып, атап айтқанда, "Самрук-Қазна" миллий абаданлық қоры басқарма баслығы Нурлан Жакупов ҳәм "Қазақстан темир жоллары" басқарма баслығы Елжас Отыншиев усланғанын мәлим еткен еди.