Онда Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың
ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары Улуғбек Давлатов қатнасты.
Мәжилисте атап өтилгениндей, дүнья экономикасындағы жедел өзгерислер ҳәм
санлы экономиканың раўажланыўы шараятында бәсекини қорғаў тараўында халықаралық
бирге ислесиў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, ШБШға
ағза мәмлекетлер арасында бәсеки сиясатын әмелге асырыў бойынша тәжирийбе,
алдынғы әмелият ҳәм мәлимлеме алмасыў базарда пайда болып атырған жаңа
қәўип-қәтерлерге жуўап бериўдиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыўға хызмет
етиўи атап өтилди.
Өз гезегинде,
Өзбекстан делегациясы қатнасыўшыларды мәмлекетимизде бәсекини раўажландырыў
тараўындағы реформалардың нәтийжелери менен таныстырды. Атап айтқанда, мәмлекет
қатнасыўындағы кәрханалардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 55 проценттен 30
процентке шекем қысқартылғаны, 2,3 мыңға шамалас бәсекиге қарсы ҳәрекетлерге
шек қойылып, дерлик 912 миллиард сум қайтарылғаны, биржа саўдаларында 344
алдаўшылық жағдайы анықланып, 105 миллиард сум қайтарылғаны, сондай-ақ, «Fair
Tech» санлы қадағалаў системасы енгизилгени мәлим етилди.
Илаж жуўмағында
қатнасыўшылар гезектеги мәжилисти өткериў сәнеси ҳәм орнын, сондай-ақ, басқа да
бир қатар шөлкемлестириў мәселелерин келисип алды.