Приматтың тийкарғы ажыралып туратуғын өзгешелиги тумсығындағы нықапқа уқсас ашық реңли териси болип, бул колобуслар туқымласынын басқа ўәкиллерине тән емес. Ересек ҳайўанның салмағы шама менен жети килограммды қурайды, деп жазады «RuNews24».

«PLOS One» илимий журналының хабар бериўинше, әжайып маймыллар ҳаққындағы биринши мағлыўматлар 2008-жылы пайда болған. Бирақ, соңғы төрт жыл ишинде изертлеўшилер жаңа түрдиң бар екенлиги ҳаққында исенимли дәлиллерди, соның ишинде, ДНК үлгилери ҳәм оның даўыс жазыўын топлаўға еристи.

Генетикалық анализлер нәтийжесинде «Colobus congoensis» шама менен 4-5 миллион жыл алдын ең жақын туўысқаны - қара колобустан ажыралып шыққан.

Илимпазлардың есап-санақларына бола, жаңа түрдиң ареалы шама менен 1700 квадрат километр менен шекленген, бул басқа колобусларға қарағанда бираз аз. Қәнигелер популяцияның азлығы ҳәм браконерлер қәўпи себепли ликвелге тезирек жоғалып кетиў қәўпи астындағы түр статусын бериўге ҳәм оны аўлаўды пүткиллей қадаған етиўге шақырмақта.