Хызмет Нью-Йорк қаласында өзбекстанлы исбилерменлер Хусрав Маҳмудов ҳәм Акмал Абдуллаев тәрепинен жаратылған uPay.net финтех платформасы тийкарында әмелге асырылды. Ол, бәринен бурын, АҚШта жасап ҳәм жумыс ислеп атырған, Өзбекстандағы туўысқанлары менен турақлы байланыста болған ўатанласларымызға қаратылған, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Алдын платформа пайдаланыўшылары Өзбекстандағы мобиль байланыс, интернет, коммунал ҳәм басқа да хызметлер ушын аралықтан төлем әмелге асырыўы мүмкин еди. Енди АҚШдан миллий төлем системалары - HUMO ҳәм UZCARD карталарына тиккелей пул өткериў имканиятына ие болды.

Барлық операциялар санлы форматта әмелге асырылмақта. Компания мағлыўматларына бола, хызметти иске қосыўда АҚШ ҳәм Өзбекстанның финанслық тәртипке салыў талапларына әмел етиў, транзакциялардың қәўипсизлиги ҳәм пайдаланыўшыларға қолайлылыққа айрықша итибар қаратылған. Буның ушын зәрүр банк, технологиялық ҳәм комплаенс инфраструктурасы жаратылды.

Жойбар басламашылары Өзбекстанның Нью-Йорк қаласындағы Бас консуллығы ҳәм ўатанласлар шөлкемлери менен байланысларды қоллап-қуўатлап, диаспора мүтәжликлери ҳәм санлы хызметлерди және де раўажландырыў мәселелерин додаламақта.

Жойбардың биринши басқышы сыпатында АҚШтан өткермелерди жолға қойыў нәзерде тутылмақта. Келешекте өткермелер географиясын кеңейтиў, жаңа финанслық қуралларды тартыў ҳәм Орайлық Азиядан келгенлер ушын хызметлерди раўажландырыў режелестирилген.