Көргизбеде Қытай, Түркия, Германия, Италия, Ҳиндстан, Австрия, Бельгия,
Уллы Британия, Испания, БАӘ, АҚШ, Швейцария, Япония сыяқлы 18 мәмлекеттен 250
ден аслам компания ҳәм брендлер қатнаспақта. Сырт елли қатнасыўшылардың үлеси
83 процентти қурамақта, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
"Өзэкспоорай"ның барлық павильонларындағы экспозицияда ийириў,
тоқыў ҳәм трикотаж технологиялары, тигиўшилик үскенелери, тоқымашылық, химия
ҳәм бояў өнимлерин пардозлаў, бояў ҳәм басып шығарыўға байланыслы шешимлер
сәўлелендирилген.
Заманагөй
автоматластырыў технологиялары, тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўдың
нәтийжелилиги ҳәм экологиялық турақлылығын арттырыў "CAITME 2026" фестивалының тийкарғы темаларынан
бири болды. Тоқымашылық шығындыларын "ақыллы" қайта ислеў, айланба
экономика принциплерин енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Көргизбе
шеңберинде Европа ҳәм Азияның жетекши тоқымашылық үскенелерин ислеп
шығарыўшылары кәрханаларды модернизациялаў, өндирис қәрежетлерин қысқартыў,
ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын
арттырыў бойынша инновациялық шешимлерди усыныс етпекте.
Шөлкемлестириўшилердиң
мағлыўматларына бола, 2025-жылы Өзбекстан тоқымашылық тармағына тартылған сырт
ел инвестицияларының көлеми 2,1 миллиард АҚШ долларын қураған.
"CAITME 2026" “Global Textile Days” тоқымашылық ҳәптелиги шеңберинде өткерилмекте.
Оның бағдарламасында 9-сентябрь күни өндирисшилер, байерлер, импортёрлар,
дистрибюторлар, саўда тармақлары ҳәм электрон коммерция ўәкиллерин
бирлестиретуғын “TextileExpo Uzbekistan Sourcing Hub” платформасында В2В
ушырасыўлары да нәзерде тутылған.
"CAITME" көп
жыллар даўамында Орайлық Азияның ең ири қәнигелескен майданларынан бири болып
қалмақта ҳәм регионның тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаатына заманагөй
технологиялар, инвестициялар ҳәм жаңа бизнес шериклерди тартыўға хызмет
етпекте.