Еслетип өтемиз, мәмлекетимиздиң темир жол инфраструктурасын модернизациялаўға қаратылған жойбар шеңберинде 7 вагоннан ибарат биринши поезд 2025-жыл 10-декабрьде Қубла Кореяның Чханвон қаласындағы Масан портынан жиберилген ҳәм усы жылдың февраль айында Өзбекстанға табыслы алып келинген еди.

Поездлардың толық составларын континентлер арасында тасыў әпиўайы жүк жеткерип бериў емес, ал жоқары жуўапкершиликти, анық муўапықластырыўды ҳәм қурамалы логистиканы талап ететуғын қурамалы процесс болып есапланады.

Бул тасыў төмендеги тийкарғы логистикалық шешимлерди өз ишине алды:

ири көлемли ҳәм аўыр вагонларды тасыў ушын қәнигелестирилген транспорт ҳәм платформалардан пайдаланыў;

транзит пунктлеринде жүктиң зыянланыўын болдырмайтуғын арнаўлы қайта жүклеў технологияларын қолланыў;

транзит, қамсызландырыў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын бирден-бир логистика шынжырында муўапықластырыў.

Бул процессте “Temiryo‘lkargo” АЖ жетекши халықаралық мультимодаль логистика операторы сыпатында жумыс алып барды. Тасыў “есиктен-есикке шекем” принципи тийкарында - ислеп шығарыўшы заводтан Өзбекстандағы соңғы мәнзилге шекем әмелге асырылды.

Компания қәнигелери тәрепинен “Қубла Корея - Қытай - Қазақстан – Өзбекстан” арнаўлы транзит жөнелиси ислеп шығылып, теңиз, автомобиль ҳәм темир жол транспортының имканиятлары бирден-бир нәтийжели системаға бирлестирилди.

Өзбекстанға заманагөй “Hyundai Rotem” жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездларының жеткерип берилиўи жолаўшы тасыўдың сапасын арттырыў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў имканиятын береди.