Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

"Жоқары мийирбийкешилик" бакалавриат тәлим бағдары "Жоқары медициналық қоллап-қуўатлаў" тәлим бағдарына өткериледи. Питкериўши ҳаял-қызларға "мийирбийке", жигитлерге "медицина ағасы" қәнигеликлери бериледи.

Бакалавриатқа қабыллаў ҳәр жылы кеминде 20 процентке арттырылады, оқытыў болса жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары менен қоспа бағдарламалар тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм олардағы билимлендириў бағдарламаларының кеминде 70 проценти енгизиледи.

 

Жөнелис бойынша бакалавриат питкериўшилерине мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 есеси муғдарында, магистратура питкериўшилерине болса мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 2 есеси муғдарында айлық үстеме белгиленеди.