"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 21-23-апрель күнлери республика бойынша айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, айырым жерлерде гүлдирмама болады. Ҳаўаның температурасы 21-апрель күни 24-29гр жыллы, 22-23-апрель күнлери 18-23гр. қа шекем төменлейди.

20-22-апрель күнлери республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң жаўыўы мүмкин.

24-апрель күни Өзбекстанның барлық аймақларында ҳәм қурғақ ҳаўа-райы орнап, ҳаўа температурасы көтериле баслайды.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Ертең күнниң екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы бүгин ҳәм ертең 25-28 дәреже ыссы болады.

22-23-апрель күнлери ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Күндизги температура 22-апрельде - 24-26°, 23-апрельде - 20-22°, 24-апрельде жаўын-шашынсыз. Күндиз 25-27 дәреже ыссы болады.

Самалдың бағыты шығыстан күшсиз, орташа, 21-22-апрельде самалдың тезлиги 12-14 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.