"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 4-апрель, шемби күни Ташкент, Самарқанд, Сырдәрья, Жиззақ ўәлаятларында, Ферғана ойпатлығы, сондай-ақ, республиканың қубла тәрепиндеги таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын жаўады, айырым жерлерде гүлдирмама болады.

Қалған аймақларда жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы 20-25°.

Екшемби күни республиканың айырым орынларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин. Республиканың арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 13-18 м/с қа күшейиўи күтиледи.

Республикамыздың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.

Таўларда қар көшиўи қәўипли.

Ташкентте бүгин жаўын-шашын болмайды, температура 22-24°.

Шемби күни ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи менен гүлдирмама болыўы мүмкин.

Екшемби күни түнде ҳәм азанда жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 13-15гр жыллы, күндиз 22-24гр жыллы.