Ҳүжжет төмендегилерди нәзерде тутады:
Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы
"Инсан" социаллық хызметлер орайлары ҳәм қәнигелестирилген мәкемелер,
сондай-ақ, МКШлерге адам саўдасынан жәбирленген шахсларды дәслепки
идентификациялаў бойынша ўәкиллик бериў;
бирлемши идентификациялаўды өткериў менен биргеликте адам саўдасынан
жәбирленген шахслардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў арқалы оларды
социаллық ҳәм басқа да хызметлер менен қамтып алыў системасын енгизиў;
дәслепки
идентификациялаў нәтийжелери бойынша шахсқа бир айға шекемги мүддетке
"адам саўдасынан жәбирленген деп болжап атырған шахс" статусын,
жуўмақлаўшы идентификациялаў нәтийжелери бойынша көби менен бир жылға шекемги
мүддетке "адам саўдасынан жәбирленген деп табылған шахс" статусын
бериў;
адам саўдасына
қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар ушын
адам саўдасынан жәбирленген шахсларды жуўмақлаўшы идентификациялаў мүддетин
белгилеў - 10 сутка;
Бәнтликке
көмеклесиў мәмлекетлик қоры, "Сақаўат ҳәм жәрдем" қоры ҳәм Миграция
қорының қаржылары есабынан адам саўдасынан жәбирленген шахсларды социаллық,
ҳуқықый ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған финанслық жәрдем;
Өзбекстанға алып
келинген репатриантлардың жағдайы ҳәм талапларын есапқа алған ҳалда арнаўлы
бағдарламалар тийкарында қәнигелестирилген мәкемелерге жайластырыў.
2026-жыл
1-сентябрьден баслап Агентликтиң "1146" исеним телефоны арқалы адам
саўдасынан жәбирленген шахслардың мүрәжатлары қабыл етилип, оларға Өзбекстан
аймағындағы социаллық, психологиялық, ҳуқықый ҳәм басқа да мәселелер бойынша
мәсләҳәт бериў ҳәм қәнигелер тәрепинен мәлимлеме бериў хызметлери
көрсетилмекте.
Өзбекстанның сырт
мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханаларында да адам саўдасынан
жәбирленгенлердиң жағдайы ҳаққындағы мүрәжатларды қабыллаў, оларға хызмет
көрсетиў бойынша исеним телефонлары болады.
Шығып баратырған
мийнет мигрантларына баратуғын мәмлекеттеги дипломатиялық ўәкилхана ҳәм
Миграция агентлигиниң регионаллық ўәкилиниң байланыс мағлыўматлары ҳаққындағы
мағлыўматлар бериледи.
Адам саўдасынан
жәбирленген балаларды шаңарақлық орталықта ямаса оған жақын шараятларда реабилитациялаў
ушын идентификациялаўды өткериў процесинде оларды өз шаңарағына қайтарыў
илажлары көриледи, "Инсан" орайлары бала ҳәм оның шаңарақ ағзаларын
оларды реабилитациялаўға қаратылған социаллық хызметлерге тартады.
Жаңа
қоллап-қуўатлаў илажлары
Адам саўдасынан
жәбирленген, бирақ қәнигелестирилген мәкемелерге жайласыўды қәлемейтуғын
шахсларға олардың мүрәжаты тийкарында "Инсан" орайларының
хызметлеринен күндизги қатнаў түринде пайдаланыў ҳуқықы бериледи.
Жәбирленгенлердиң
қызығыўшылықларынан келип шығып, кәсип-өнерге оқытыў курслары
шөлкемлестирилмекте. Оқытыў менен байланыслы қәрежетлер Бәнтликке көмеклесиў
мәмлекетлик қоры есабынан қаржыландырылады.
Адам саўдасынан
жәбирлениўши деп табылған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға
реабилитация дәўиринде, кирип келгенлик статусына қарамастан, қәнигелестирилген
мәкемелерде ўақтынша болыў ҳуқықы бериледи.
Адам саўдасына
қарсы гүресиў
Туризм ҳәм сыртқы
мийнет миграциясы тараўларында пуқараларды сырт елге жибериў менен шуғылланыўшы
лаўазымлы шахслар тәрепинен адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар исленген
жағдайда судлар тәрепинен тийкарғы жазаға қосымша тәризде тийисли жумыс пенен
шуғылланыўды шеклеў жазасын тайынлаў тәртиби енгизилмекте.
Сондай-ақ,
балаларға адам саўдасы менен байланыслы жынайый ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)
ислегени, соның ишинде, оларды зийнешиликке тартқаны, прокуратура уйымлары
тәрепинен усы жынаят бойынша тергеўге шекемги тексериў ҳәм дәслепки тергеў
өткерилгени ушын өз алдына жынайый жуўапкершилик киргизилмекте.
Балаларды зийнешилик
пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде адам саўдасы менен байланыслы жынаят
ислегенлиги ушын судланған шахслар мәкан-колонияларға өткерилмейтуғын
судланғанлар категориясына киргизиледи.
Қәнигелестирилген
мәкемелердиң жумысын жетилистириў
Республикалық
ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайы "Республикалық
ҳаял-қызлар ҳәм балаларды реабилитациялаў орайы" деп қайта аталды.
Республикалық
орайдың Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәря, Самарқанд ҳәм Ферғана
ўәлаятлары аймақлық орайларына адам саўдасынан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм
олардың жас өспирим перзентлерин қабыл етиў ҳәм оларға хызмет көрсетиўди жолға
қойыў ушын қосымша тәрбияшы штат бирликлери ажыратылады.
Өзбекстанға
арнаўлы бағдарламалар тийкарында алып келинген адам саўдасынан жәбирленген
еркеклер, сырт ел пуқаралары ҳәм репатриантлар тек ғана Адам саўдасынан
жәбирленгенлерге жәрдем бериў бойынша Республикалық реабилитация орайына қабыл
етиледи.
Ҳүжжет пенен Адам
саўдасына қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша илажлар
бағдарламасы тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.08.2026-жылдан күшке кирген,
деп жазады «Norma».