Жойбарды әмелге асырыў процеси үш басқышта өтеди:

1-10-апрель - пуқаралар тәрепинен портал арқалы жойбар усынысларын бериў.

11-20-апрель күнлери - келип түскен жойбарларды белгиленген талаплар ҳәм нормалар тийкарында таңлап алыў.

21-30-апрель - таңлап алынған жойбарлар ушын даўыс бериў.

Ең көп даўыс топлаған жойбарлар жеңимпаз деп табылып, мәнзилли дизим тийкарында қаржыландырылады. Олардың шеңберинде "жасыл бағлар" ҳәм "жасыл жәмийетлик парклер" шөлкемлестирилип, қала аймақларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў имканияты жаратылады.