Қарарға муўапық:
профессионал билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшыларын оқыўға көшириў ямаса
қайта тиклеў, сондай-ақ, улыўма билим бериў шөлкемлериниң 10-класс оқыўшыларын
техникумларға оқыўға көшириў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң
бирден-бир тәртиби белгиленеди;
усы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын арзалар Мәмлекетлик
хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы
электрон түрде бериледи;
10-класс
оқыўшыларын техникумларға өткериў тәртиби айрықша белгиленбекте, бул мектеп
оқыўшыларының профессионал билим алыў имканиятларын кеңейтиў имканиятын береди;
профессионал
билимлендириў шөлкемлеринде оқыўшылардың оқыўын көшириў ҳәм қайта тиклеў
мәселелери бойынша жуўмақ бериўдиң бирден-бир тәртиби енгизиледи;
Санлы
технологиялар министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте усы мәмлекетлик
хызметлерди бирден-бир портал арқалы алыў имканияты тәмийинленеди;
мәмлекетлик
хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болған мағлыўматларды тиккелей тийисли
мәмлекетлик уйымлардан электрон түрде алыў имканияты жаратылады;
пуқаралар ушын
мәмлекетлик хызметлерди алыў процеси санластырылады ҳәм әпиўайыластырылады,
артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдалар қысқартылады.