Билимлендириў процеси қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеўге билимлендириў мәкемелериниң басшылары жуўапкер болады. Қәўипсизлик системасы ушын жоқары тезликтеги телекоммуникация хызметлеринен пайдаланыў басқышпа-басқыш тәмийинленеди.

29.11.2025-жылдағы ПҚ-360-санлы қарарға муўапық, физикалық ҳәм техникалық қорғаў системасы арқалы шәртнама тийкарында мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының қәўипсизлигин тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын "Қәўипсиз билимлендириў" концепциясы енгизилмекте. Онда, билимлендириў мәкемелеринде қорғаў сигнализаторы, тревога түймелери, видеобақлаў үскенелери орнатылады ҳәм усы системаларға техникалық хызмет көрсетиледи.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери үш ай мүддетте пиядалар ушын қолайлы "жасыл коридорлар" шөлкемлестириў ҳәм билимлендириў мәкемелери әтирапында транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеў, оқыўшылардың қәўипсиз кирип-шығыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң, сырт ел билимлендириў шөлкемлери филиалларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, оларда қорғаў жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже;

2026-2027-жылларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери, сырт ел билимлендириў шөлкемлери филиалларының қәўипсизлик системаларын жетилистириў ҳәм "Қәўипсиз билимлендириў" концепциясын әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы;

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.08.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».