Өзгидромет мағлыўматларына бола, бул күнлерде ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана бүгин күндиз республиканың таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Республика бойынша айырым жерлерде самал 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.

Ташкентте бүгин ҳәм дем алыс күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди.

Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде 23-26 градус, күндиз 14-15-августта 38-40 градус, 16-августта 36-38 градус болады.

Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.