Аграр тараўдағы төлемлер агентлигине 2025-жылы пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм пахта жетистирген кәрханаларға ҳәр бир гектар жер майданы ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан 3 миллион сумнан субсидия төлеп бериледи.

Боялған гезлеме, аралас ҳәм боялған гезлеме өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын 2026-жыл 1-июньға шекем әмелге асырған кәрханаларға 21.01.2022-жылдағы ПП-53-санлы Пәрманында нәзерде тутылған Саўда-санаат тармақларын қоллап-қуўатлаў қоры қаржыларының қалған бөлеги есабынан субсидиялар ажыратылады.

Сондай-ақ, төмендегилер режелестирилмекте:

ақланған трикотаж гезлемеси ушын (СЭИ ТН коды 6006 21000 0) айрықша субпозицияны енгизиў ҳәм 2027-жыл 1-январьға шекемги мүддетке ол ушын белгиленген експорт бажыхана ставкаларын бийкар етиў;

пахта талшығы шығындысына (СЭИ ТН коды 5202) - 2027-жыл 1-январьға шекем экспорт бажыхана ставкасының 5 процент муғдарында белгиленетуғыны;

Ҳүжжетке бола, 2027-жыл 1-июльге шекем "А" ҳәм оннан жоқары турақлылық категориясына киргизилген кластерлер ҳәм тоқымашылық кәрханалары ушын ҚҚС бойынша унамсыз парқы суммасын қайтарыў тексериўлерсиз еки күн мүддетте әмелге асырылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 30.06.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады “Norma”.