«Green Нammer Co., Ltd» (Корея Республикасы) компаниясы (Инвестор) тәрепинен "Хорезм ўәлаятында қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў" инвестициялық жойбары (Жойбар) шеңберинде сырт ел кәрханасы (Жойбарлаў компаниясы) шөлкемлестирилмекте.

Қарар менен электр энергиясын сатып алыў ҳәм қатты турмыслық шығындыларды жеткерип бериў ҳаққындағы келисимлерге муўапық:

Жойбарлаў компаниясы ислеп шығарылған электр энергиясын "Өзэнергосатыў" АЖ тәрепинен 30 жыл даўамында кепилликли сатыўды әмелге асырады;

Жойбарлаў компаниясы Жойбар шеңберинде электр станциясын бирден-бир электр энергетика тармағына жалғаў ушын зәрүр болған ҳаўа электр узатыў тармақлары ҳәм тийисли электр инфраструктурасы объектлерин қурыўды "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖ тәрепинен усыныс етилетуғын техникалық шәртлер тийкарында әмелге асырады ҳәм пайдаланыўға тапсырылғаннан соң оларды "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖға тапсырады;

Жойбарлаў компаниясы "Миллий диспетчерлик орайы" МУК ҳәм "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖ менен биргеликте электр станциясын иске қосыўдан алдын оның электр энергетика системасына тәсирин баҳалаў бойынша техникалық жуўмақ таярлайды ҳәм усы жуўмақ тийкарында тармаққа жалғаныўдың жуўмақлаўшы шәртлери бойынша келисимге ерисиледи;

"Өзэнергосатыў" АЖ 30 жыл даўамында электр энергиясын миллий валютада кепилликли сатып алыўды әмелге асырады;

Агентлик жойбарлаў компаниясына 30 жыл даўамында кепилленген көлемде қатты турмыслық шығындыларды жеткерип бериўди әмелге асырады;

Жойбарлаў компаниясы қурылыс дәўиринде өз миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеў сыпатында 7 миллион АҚШ доллары муғдарында биринши дәрежели банк кепиллигин усынады.