2026-жылы Өзбекстан УН-Water тәрепинен №6 "Таза суў ҳәм санитария" Турақлы раўажланыў мақсетлерин жедел алға қойыў бойынша арнаўлы изертлеў ушын таңланған 3 мәмлекеттен бирине айланды. Изертлеўде суў стрессин азайтыў, суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, суўды үнемлейтуғын технологиялар, санлы басқарыў ҳәм институционаллық өзгерислерге итибар қаратылған. Республикамыздың усындай топламға киргизилиўиниң өзи суў тараўындағы өзгерислер халықаралық көлемде өз алдына үйрениўге ылайық деп қаралатуғынын көрсетеди.
Ең көрсеткишли индикаторлардан бири - суў стресси дәрежеси. “UN-Water” баҳалаўы шеңберинде усынылған мағлыўматларға бола, Өзбекстанда бул көрсеткиш 2017-жылдағы 169 проценттен 2022-жылы 122 процентке, яғный 47 процентлик пунктке азайған. Суў ресурслары жетиспейтуғын мәмлекет ушын бул әҳмийетли динамика болып есапланады. 2026-жылдың жуўмақлары бойынша суў стрессиниң көрсеткиши 117 процентке шекем және де қысқарыўы күтилмекте.
Өзбекстан ушын бул динамика аўыл хожалығының суўғарыўға байланыслылығы жоқары екенлиги менен айрықша әҳмийетке ийе. Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, агросектор мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң ҳәм бәнтлигиниң шерек бөлегине шамалас бөлегин, улыўма суў тутыныўының дерлик 90 процентин қурайды. Соның ушын бүгинги күнде мәселе тек ғана экономикаға қанша суў кирип атырғанында емес, ал ҳәр бир куб метрден қаншелли нәтийжели пайдаланылып атырғанында.
Бундай қатнасқа өтиў әсте-ақырын қәлиплести. 2020-жылы Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы тастыйықланды. Онда суўғарыў системаларының нәтийжелилигин арттырыў, суў есабын жетилистириў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, инфраструктураны модернизациялаў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, санластырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў нәзерде тутылған.
Нызамшылық базасының жаңаланыўы әҳмийетли басқыш болды. Мәселен, 2025-жыл 30-июльде "Өзбекстан Республикасының Суў кодексин тастыйықлаў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилип, онда суў ресурсларынан, суў объектлери ҳәм суў хожалығы қурылмаларынан пайдаланыў ҳәм оларды қорғаўды тәртипке салыўшы нормалар системаластырылды. Ҳүжжетте суўдан ақылға уғрас пайдаланыў принциплери беккемленип, бассейн басқарыўын раўажландырыў ҳәм тийисли муўапықластырыўшы механизмлерди жаратыў нәзерде тутылған.
Реформаның кадрлар қурамы да өзгермекте. 2026-жылы "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университетинде халықаралық суў дипломатиясы бойынша магистрлик бағдарламасы ашылды. Оқыў, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлердиң ўәкиллерине мөлшерленген. Соның менен бирге, суў дипломатиясы ҳәм агро суў менеджменти тараўларында маманлық арттырыў бағдарламалары раўажландырылмақта. Суў ресурсларының үлкен бөлеги трансшегаралық характерге ийе болған Орайлық Азия ушын бундай профильдеги қәнигелерди таярлаў әмелий суў сиясатының бир бөлегине айланбақта.
Аўыл хожалығы реформалардың тийкарғы майданы болып қалмақта. Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 3-февраль күни суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў мәселелерине бағышланған презентация менен танысты. Суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген суўғарылатуғын жер майданы 2,6 миллион гектарға ямаса дерлик 60 процентке жеткен. Салыстырыў ушын: 2017-жылға шекем бундай технологиялар тек ғана 19 мың гектарда қолланылған. Бул арқалы жылына дерлик 2,5 миллиард куб метр суў үнемленбекте.
Бул жерде тек ғана тамшылатып суўғарыў ҳаққында сөз болмайды. Хожалықларда жаўынлатып суўғарыў, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў, суў жеткерип бериўдиң заманагөй усыллары ҳәм басқа да технологиялар қолланылмақта. Олардың ўазыйпасы өнимсиз шығынларды азайтыў, белгили бир егин ҳәм майданның өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда өсимликлерди зәрүр муғдарда ығаллық пенен тәмийинлеўден ибарат.
2025-жыл августта Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация тараўын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасы тастыйықланды. Онда 2 мың 551 километр ирригация тармақларын реконструкциялаў, бетон қапламалы каналлардың үлесин 39 проценттен 47 процентке жеткериў, және 1,4 миллион гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, сондай-ақ, насос үскенелерин модернизациялаў ҳәм суў есабын және де санластырыў нәзерде тутылған.
Онда суўдың нәтийжелилиги тиккелей энергетикаға байланыслы. Аўыл хожалығы жерлериниң үлкен бөлеги насос станциялары жәрдеминде суў менен тәмийинленеди. Жәҳән банкиниң есап-санақларына бола, аўыл хожалығы жерлериниң дерлик 2,4 миллион гектары насос суў жеткерип бериўине байланыслы болып, дерлик 1700 насос станциясы жылына дерлик 7,2 миллиард киловатт-саат электр энергиясын пайдаланады. Ирригация инфраструктурасын реконструкциялаў суўды үнемлеў ҳәм энергия қәрежетлерин азайтыў сыяқлы 2 ўазыйпаны бир ўақыттың өзинде шешиў имканиятын береди.
Реформалардың кейинги басқышы ресурслардан және де үнемлеп пайдаланыўдың экономикалық стимулларын жаратыў менен байланыслы. Соның ушын 2026-жыл 5-февральда Өзбекстан Президентиниң "Суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Ҳүжжетте 2026-2028-жылларда суўды үнемлейтуғын технологиялардың майданын 3,5 миллион гектарға жеткериў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, 220 мың гектарда тамшылатып суўғарыў, 110 мың гектарда жаўынлатып суўғарыў ҳәм 600 мың гектарда лазерли тегислеў жолға қойылады. Технологияларды енгизиў нәтийжесинде жылына 5 миллиард куб метрге шекем суўды үнемлеў мүмкин екенлиги күтилмекте.
2026-жылы бул илажлар ушын 2,6 триллион сум кредит ресурслары ҳәм 800 миллиард сум субсидиялар ажыратылыўы нәзерде тутылған. Соның менен бирге, қоллап-қуўатлаўға болған қатнас әсте-ақырын мәнзилли болмақта: 2027-жылдан баслап суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын субсидиялар ҳәм салық ставкаларының муғдары жерлердиң суў менен тәмийинлениў дәрежесине байланыстырылады. Суў тәмийнаты турақлы болмаған аймақлар ушын арттырып барылатуғын қоллап-қуўатлаў коэффициентлери қолланылады, суў тәмийнаты бар аймақлар ушын болса суўды үнемлейтуғын технологиялардың жоқ екенлиги финанслық ақыбетлерге алып келеди.
Соның менен бирге есапқа алыў системасы да өзгермекте. Салыгершилик ҳәм балықшылық кәрханалары ушын суўды өлшеў ҳәм есапқа алыўдың интеллектуаллық қуралларынан пайдаланыў, оларды мәлимлеме системаларына интеграциялаў нәзерде тутылмақта. Суў хожалығын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде мелиоративлик қудықлар ҳәм насослардың санлы мониторинги енгизилип, ири гидротехникалық объектлер автоматластырылған басқарыўға өткерилиўи керек. Логика әпиўайы: исенимли мағлыўматлар болмаса, тутыныў көлемин анықлаў, шығынларды анықлаў ҳәм ресурсларды бөлистириў бойынша дурыс қарарлар қабыл етиў мүмкин емес.
Санластырыў тараўдағы өзгерислердиң орайлық бағдарларынан бирине айланбақта. Суў хожалығын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 18 мың 755 гидропостты автоматластырыў, 12 мың мелиоративлик қудық ҳәм 1 мың 750 насоста мониторингти енгизиў, ири гидротехникалық объектлерди автотранспорт басқарыўы нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясында суўғарыў системаларының пайдалы жумыс коэффициентин 2030-жылға барып 0,63 тен 0,73 ге жеткериў бойынша мөлшер белгиленген. Бүгинги күнде бул бағдар каналлар ҳәм насос станцияларын реконструкциялаўдан баслап санлы есапқа алыў ҳәм суўғарыўдың нәтийжели усылларын енгизиўге шекемги заманагөй қураллар комплексин кеңейтиў менен бирге әмелге асырылмақта.
Өзбекстан алдында суў сиясатын буннан былай да жетилистириў бойынша жаңа имканиятлар ашылмақта. Заманагөй суўғарыў системалары, санлы есап-санақ ҳәм экономикалық стимуллардың нәтийжелилиги оларды дурыс қолланыў ҳәм профессионал компетенцияларды раўажландырыўға байланыслы болады. Регионаллық бирге ислесиў де әҳмийетли орын ийелейди. Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья трансшегаралық дәрьялар болғаны себепли мағлыўматлар алмасыўы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәплерин муўапықластырыў суў қәўипсизлигиниң тийкарғы шәртлери болып қалады.
“UN-Water” баҳасы ерисилген жетискенликлердиң әҳмийетли тастыйығына айланбақта. Кейинги жыллары Өзбекстанда нызамшылық базасы жаңаланды, суўды үнемлейтуғын технологиялар кеңейтилди, ирригация инфраструктурасы модернизацияланып, санлы есап-санақ енгизилмекте. Ендиги ўазыйпа - бул илажларды турақлы системаға бирлестирип, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәмлекет, бизнес ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың күнделикли қарарларының бир бөлегине айландырыўдан ибарат.
Анастасия Боровикова,
«Правда Востока».