Хорезм гүриши өзиниң жоқары сапасы, өзине тән ийиси ҳәм жақсы аспазлық
қәсийетлери менен көпшиликке белгили. Оның өзине тән өзгешеликлери тәбийғый
факторлар - Әмиўдәрья суўы, өнимдарлы топырақ ҳәм қолайлы ықлым, сондай-ақ,
әўладтан-әўладқа өтип киятырған көп әсирлик өсимлик жетистириў дәстүрлери менен
байланыслы.
Географиялық көрсеткишти дизимнен өткериў өнимниң келип шығыў орны ҳәм
сапасын қорғаў, "Хорезм гүриши" атамасынан нызамсыз пайдаланыўдың
алдын алыў, сондай-ақ, тутыныўшыларға товардың ҳақыйқыйлығын кепиллеў
имканиятын береди.
Бул қарар Хорезм
ўәлаятының аўыл хожалығы потенциалын буннан былай да раўажландырыў, миллий
брендти беккемлеў, өнимлерди ишки ҳәм сыртқы базарларға алып шығыўға хызмет
етеди.
Мағлыўмат ушын,
географиялық көрсеткиш - бул өнимниң белгили бир аймақтан келип шыққанлығы,
оның сапасы, абырайы ҳәм айрықша өзгешеликлери усы аймақтың тәбийғый ҳәм инсан
факторларына тиккелей байланыслы екенлигин тастыйықлаўшы интеллектуаллық мүлк
объекти болып есапланады.