48 килограммға шекемги салмақ категориясында қатнасқан жерлесимиз финалға шекем исенимли барып, Оман ўәкили үстинен жеңиске еристи.
Бул жеңис Өзбекстан сайланды командасына жәҳән чемпионатының және бир баҳалы сыйлығын алып келди ҳәм жас таэквондошыларымыздың жоқары дәрежеде таярланғанының айқын дәлили болды.