Компаниялар топарының
Өзбекстанда автомобиль қурылысы ҳәм транспорт тармақларын раўажландырыўға қосып
атырған үлеси жоқары баҳаланды. Жиззақта шөлкемлестирилген автомобиль
кластеринде ислеп шығарыўды кеңейтиў, комплектлеўши бөлеклерди локализациялаў
көлемин арттырыў мәселелери көрип шығылды.
«Kia» автомобильлерин
толық ислеп шығарыў жолға қойылып, экспорт кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық
пенен атап өтилди. Жаңа модельлер ҳәм пресс цехын иске қосыў мәселесине айрықша
итибар қаратылды. Сондай-ақ, электр ҳәм гибрид автомобильлер ислеп шығарыўды
жолға қойыў перспективалары да айтып өтилди.
Дәслепки «Hyundai Rotem» жоқары тезликте
ҳәрекетленетуғын поездлары Ташкент - Хийўа жөнелиси бойынша қатнай баслады, бул
арқалы жолға кететуғын ўақыт 2 есеге қысқарды. Компания поездларын қосымша
жеткерип бериў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимизде «Hyundai Rotem» сервис орайын
шөлкемлестириў, комплектлеўши бөлеклерди локализациялаў, электр двигательлер
ушын магнит ислеп шығарыў мәселесин көрип шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.