Өзбекстан - Германия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Германия Федерал Президентиниң мәмлекетимиз ҳәм Европа Аўқамының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен қатнасықларын избе-из раўажландырыўға, өз-ара пайдалы аймақлараралық бирге ислесиўди алға қойыўға қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.
Еки тәреплеме сөйлесиў жеделлескени ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар жоқары дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда-инвестиция тараўындағы бирге ислесиў турақлы унамлы пәтлерди көрсетпекте. Өткен жылдың жуўмақларына бола, өз-ара саўда көлеми 1,4 миллиард доллардан артты, усы жылдың басынан берли және 5 процентке көбейди. Өзбекстан экономикасына Германия инвестицияларының көлеми 2025-жылы 2 миллиард долларға жетти.
Ташкентте май айында болып өткен Германия экономикасы күнлери ҳәм Германия - Өзбекстан исбилерменлер кеңесиниң 10-мәжилисиниң әҳмийети айрықша атап өтилди. Илажлар жуўмағында улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан аслам болған жаңа инвестициялық ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из беккемленбекте. Бүгинги күнде Өзбекстанда 400 мыңнан аслам жас немис тилин үйренбекте, 2 мыңнан аслам студент Германияның жетекши жоқары оқыў орынларында билим алмақта. Өткен жылы биринши мәрте еки мәмлекет университетлериниң форумы болып өтти.
Өткен ҳәптеде Германия университетлериниң консоциумы менен Самарқандта Өзбекстан-Германия әмелий илимлер университетин ашыў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.
Мәмлекет басшылары санаат, энергетика ҳәм "жасыл" экономика, транспорт ҳәм логистика, таў-кән ҳәм тоқымашылық тармақлары, фармацевтика, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында кооперацияны және де кеңейтиўден мәпдар екенин тастыйықлады.
Жетекшилер автомобиль қурылысы, турмыслық химия өнимлерин ислеп шығарыў, логистика ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўларында жаңа қоспа жойбарлар менен бағдарламалардың басланғанын қоллап-қуўатлады. Ташкентте екинши Университетлер форумы ҳәм үшинши Өзбекстан - Германия медицина форумының өткерилиўин қоллап-қуўатладық.
Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, көп тәреплеме форматлардағы, соның ишинде, "Орайлық Азия - Германия" платформасындағы бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Германия Федерал Президентиниң бул ретки сапары Өзбекстан - Германия қатнасықларын раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғынына ҳәм еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.