Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды, сырт елдеги ўатанласларымызды, өзбек тилиниң барлық досларын 21-октябрь - Өзбек тили байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Дүньядағы ең әййемги ҳәм бай тиллерден бири болған ана тилимиз ата-бабаларымыздың уллы мийрасы болып есапланады.

Биз алға қойған "Өз" деген ийгиликли идея тилге де тийисли ҳәм биз оны әмелге асырамыз. Бул сөз дүнья менен еркин пикирлесиў, заманагөй билимлерди ийелеў, халқымыздың мәнаўиятын арттырыў ушын ана тилимизге жаңа күш-қуўат бағышлайтуғынына исенемен.

Тил арқалы инсан өзин-өзи аңлайды, өзиниң шаңарағына, адамларға болған муҳаббатын билдиреди. Онда халықтың яды, билими, тәжирийбеси, арзыў-ниетлери жәмленген. Мәмлекетлик тилдиң қәдири ҳәм әҳмийети ҳаққында сөз еткенде, мине, усы тәреплерди биринши орынға қойып атырмыз.

Ата-бабаларымыз ана тилимиздиң байлығынан руўхланып, илим ҳәм әдебият тараўында өлмес шығармалар дөреткен, оларда инсан руўхы, жәмийетлик турмыс ҳаққындағы терең ой-пикирлерин мөрлеп қалдырған. Бүгин бул дәстүрлерди даўам еттириў, тил имканиятларын жаңа билим, технология ҳәм дөретиўшилик үлгилери менен байытыўдай жуўапкершиликли ўазыйпа алдымызда тур.

Ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақ болып жасап атырған, елимиздиң жаңа турмысы ҳәм келешегин биргеликте қурып атырған Өзбекстан – улыўма Ўатанымыз. Мәмлекетлик тил пуқаралардың сөйлесиў тили сыпатында олардың жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўына хызмет етип атырғаны бәршемизди қуўандырады, әлбетте.

Соның менен бирге, ҳәр бир инсанның ана тили ҳәм мәдений қәдириятларына ҳүрмет ҳәм итибар жәмийеттеги дослық ҳәм татыўлықтың әҳмийетли тийкары екенин биз жақсы түсинемиз. Соның ушын елимизде қарақалпақ ҳәм басқа да тиллердиң раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, соның менен бирге, өзбек тилин үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарындағы жумыслар өз-ара тығыз байланыста әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик тилди билиў, әлбетте, инсанның алдында жаңа билим ҳәм имканиятлар жолын ашады, улыўма бүгинги күнимиз ҳәм келешегимизге байланыслылық сезимин күшейтеди. Соның ушын, әсиресе, өзбек тилин үйрениўге жаңадан кирискен инсанларға шын кеўилден ҳәм жақсы тилек билдириў, олардың умтылысларын қоллап-қуўатлаў зәрүр.

Жасларымыздың өзбек тилинде пикирлеўи ҳәм дөретиўи, сондай-ақ, шет тиллерин өзлестирип, дүньядағы унамлы өзгерислерден қалыс емеслиги ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў керек. Бунда аўдарма көркем өнериниң орны айрықша. Аўдарма арқалы биз ўатанласларымызды дүнья көлеминдеги инсаният ой-пикирлериниң дүрданалары менен жақыннан таныстырамыз, мәмлекетлик тилимиздеги идея ҳәм шығармаларды басқа халықларға да таныстырамыз.

Лингвистикалық аўдарма тийкарындағы диалогқа Оксфорд университетиндеги "Өзбектаныў бағдарламасы" сыяқлы бирге ислесиў бағдарлары мысал бола алады. Сондай-ақ, сырт елде өзбек тили оқытыўшыларын хошаметлеў, изертлеўшилер ҳәм студентлердиң қызығыўшылығын арттырыў, оларды сапалы әдебиятлар ҳәм билимлендириў ресурслары менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Тилдиң турмысымыздағы орны, бәринен бурын, оннан қай дәрежеде нәтийжели пайдаланыўға байланыслы. Бала онда өз пикирин анық баянлай алса, студент қурамалы темаларды үйренсе, пуқара рәсмий ҳүжжеттиң мәнисин қыйыншылықсыз түсинип жүрсе, тилди раўажландырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжесин көремиз.

Бул бағдарда билимлендириў тараўында тийкарғы итибарды оқыўшылардың оқыў, түсиниў, баянлаў ҳәм саўатлы жазыў қәбилетине қаратыў керек.  Әлбетте, өзбек тилин ана тили сыпатында үйрениўде де, мәмлекет тили сыпатында үйрениўде де үлкен айырмашылық бар. Сабақлық ҳәм методикаларды жаңалаўда, әлбетте, усыларды есапқа алыў керек.

Турмыс тәжирийбесинен көринип турғанындай, оқытыўдың сапасы, балалар әдебияты, китапханалар, заманагөй билимлендириў қураллары тилге болған қызығыўшылықты арттырады. Сондай-ақ, шаңарақ дөгерегинде шын жүректен сәўбетлесиў, биргеликте китап оқыў, баланың мәселелерине итибар қаратыў да бул процесстиң әҳмийетли бөлеги болып есапланады. Елимизде улыўма миллий ҳәрекетке айланған китапқумарлық мәденияты ҳәм оған қаратылып атырған үлкен итибардың тийкарында да тилдиң раўажланыўы ҳаққындағы ғамхорлық жатыр, десек, дурыс болады.

Бунда мәмлекетлик мәкемелер өрнек болыўы әҳмийетли. Нызамлар, қарарлар, көрсетпелер, мүрәжатларға жуўаплар сапалы, анық ҳәм түсиникли тилде жазылыўы керек. Пуқара өз ҳуқықлары ямаса миннетлемелерин түсиниўде артықша қыйыншылықларға дус келмеўи керек. Мәмлекетлик тилге ҳүрмет мәмлекетлик хызметлердиң жоқары сапасында да көриниси болыўы керек.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа - заманагөй илимий дәреклерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, жаңа изертлеўлердиң нәтийжелерин өзбек тилинде баян етиўден ибарат. Медицина, инженерлик, экономика ҳәм басқа да тараўларда исенимли әдебиятлар, сапалы аўдарма текстлер ҳәм электрон ресурсларға талап үлкен.

Бул бағдарда ҳүрметли илимпазларымыз, тилтаныўшылар, аўдармашылар ҳәм қәнигелеримиздиң бирге ислесиўи зәрүр. Атамаларды таңлаўда пикирдиң анық жеткерилиўине, анықлығына, халықаралық илимий нормаларға муўапықлығына итибар қаратыў керек. Сондай-ақ, сөзликлерде тилдиң ҳақыйқый раўажланыўы, жаңа билимлер анық сәўлелениўи керек.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа – бүгинги санлы орталықта өзбек тилинен толық пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў. Буның ушын сапалы текст ҳәм шығып сөйлеў үлгилерин таңлап алыў, электрон сөзликлер, аўдарма ҳәм редакторлаў қуралларын раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Аўызеки сөйлеўди текстке, текстти аудиоматериалға айландырыў технологиялары билим алыў, мийнет процеси ҳәм күнделикли турмыста адамларға қолайлық жаратыўы керек. Бундай ресурсларды ислеп шығыўда авторлық ҳуқықлар ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаў ҳаққындағы нормаларға әмел етиў керек.

Биз қурып атырған инклюзив жәмийет талапларынан келип шығып, майыплығы болған шахслардың бул имканиятлардан пайдаланыўына айрықша итибар қаратыўымыз керек.

Мәмлекетлик тилдеги контентте қолланылатуғын жасалма интеллект технологияларының сапасы олардың инсанға берген жәрдеминиң қаншелли анық ҳәм пайдалы екенлиги менен баҳаланады.

Жазыў ҳәм имла мәселелеринде де мағлыўматларды оқыў, жазыў ҳәм пайдаланыўда қолайлылық тийкарғы норма болыўы керек. Бул бағдардағы қарарлар илимий тийкарланған, жәмийетшилик пенен пикирлесиў ҳәм әмелий таярлыққа тийкарланған болыўы керек. Билимлендириў системасы, баспа ҳәм санлы платформалардың өз-ара сәйкеслиги, ҳәр қыйлы әўладлардың талапларын ҳәр тәреплеме есапқа алыў зәрүр.

Пурсаттан пайдаланып, ана тилимиздиң раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған илимпаз ҳәм изертлеўшилерге, оқытыўшы ҳәм аўдармашыларға, жазыўшы ҳәм журналистлерге, баспа ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўының хызметкерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Өзбек тилин муҳаббат пенен үйренип атырған ўатанласларымыз ҳәм сырт елли досларымызға айрықша рахмет.

Бәршемиз биргеликте ана тилимизди қәстерлеп-сақлап, дүньяда оның ҳүрмет-иззетин арттырыўға, абырай-мәртебесин ҳәм халықаралық сөйлесиўлердеги қатнасын арттырыўға мүнәсип үлес қосайық!

Сиз, әзиз ўатанласларымды және бир мәрте қутлықлап, беккем денсаўлық, тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм табыслар тилеймен.

Өзбек тили байрамы мүбәрек болсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти