Өзбекстан елшиси Аюбхон Юнусов Кувейт Пуқаралық авиациясы бас басқармасының баслығы шайх Ҳамуд Муборак ал-Ҳамуд ал-Жобир ас-Сабоҳ менен ушырасыў өткерди, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Кувейт авиация шөлкемлери арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, тиккелей ҳаўа қатнаўларын жолға қойыў ҳәм басқа да мәселелер додаланды.

Шайх Ҳамуд Муборак ал-Ҳамуд усы жылдың 24-октябрь күни Малайзияда болып өткен ИКАО мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Пуқаралық авиациясы делегациясы менен болған нәтийжели ушырасыўының нәтийжелерин атап өтти. Оның айтыўынша, "Kuwait Airlines" авиакомпаниясының самолётлар паркин кеңейтиў мақсетинде 2025-жылы "Ал-Куўайт-Ташкент" жөнелиси бойынша авиақатнаўларды әмелге асырыўды режелестирмекте.

Өз гезегинде, соңғы жылларда виза режиминиң әпиўайыластырылыўы нәтийжесинде 90 нан аслам сырт мәмлекетлер, соның ишинде, Кувейт пуқаралары ушын Өзбекстанға визасыз кириў тәртибиниң әмел етип атырғаны да "Kuwait Airlines" авиакомпаниясының жолаўшылары санының артыўына түртки болатуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде, Кувейт Пуқаралық авиациясы бас бас басқармасы ҳәм Өзбекстанның тийисли уйымлары арасында сөйлесиўлер өткериў ҳаққында келисип алынды.