Ушырасыўда министрликлер арасындағы уйымлараралық бирге ислесиў, қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, терроризм, экстремизм ҳәм трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў қатнасыўшылары бүгинги күнде еки мәмлекет ишки ислер министрликлери арасында оператив-излеў жумысы тараўында улыўма мақсетлерге ерисиў имканиятын беретуғын нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғанын айрықша атап өтти.
Ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткен илаж жуўмағында уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топар мәжилисиниң протоколына қол қойылды.
Сондай-ақ, Беларусь делегациясын Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасы ҳәм Ташкент қаласында қәўипсиз туризмди тәмийинлеў бөлимлериниң жумысы менен таныстырыў режелестирилген.








