Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 25-марттағы "Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық өткерилмекте. Ҳүжжетке муўапық, ҳәр айдың 10 ҳәм 25-күни "Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәпте" акциялары өткериледи.

Бағдарламаның тийкарғы мақсети автотранспорт қуралларының атмосфераға зыянлы шығындыларын азайтыў, экологиялық турақлы қала орталығын қәлиплестириў, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспортты ғалаба ен жайдырыўдан ибарат.

Акциялар шеңберинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлери хызмет ҳәм жеке автомобильлеринен пайдаланыўдан ўаз кешип, жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да экологиялық қолайлы ҳәрекетлениў түрлерин қолланбақта.

Акция басланғанынан берли Комитет ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң 1 мың 730 дан аслам хызмет ҳәм жеке автомашиналарынан пайдаланыў шекленген. Нәтийжеде атмосфераға шығарылатуғын зыянлы шығындылардың муғдары орташа 17 370 кг ға азайған, қалалардағы транспорт тығылысларының дәрежеси азайған.

Онда Комитет акциялар өткерилип атырған дәўирде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң автотранспорттан пайдаланыўы нызамшылықта белгиленген жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертеди.

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди, сондай-ақ, пуқараларды акцияға белсене қосылыўға, жәмийетлик транспорт, электромобильлер, велосипед ҳәм басқа да экологиялық таза транспорт түрлеринен көбирек пайдаланыўға шақырады.